Сағынбай ИБРАГИМОВ / SAGİNBAY İBRAGİMOM
(Özbekistan/Karakalpakistan Cumhuriyeti)
Сағынбай Ибрагимов – ҳәзирги ҳәзирги қарақалпақ әдебиятының көрнекли ўәкиллериниң бири. 1956-жылы 1-сентябрде Қоңырат районында туўылған.
Москвадағы М. Горький атындағы Әдебият институтын проза семинары бойынша тамамлаған. Институты питкергеннен соң Қарақалпақстан телевидениесинде, «Билим» жәмийетинде, «Қарақалпақстан» баспасында жумыс иследи.
Қарақалпақстан Жазыўшылар аўқамының мәсләҳәтшиси, жуўаплы хаткери, баслықтың орынбасары (1986–1991), «Әмиўдәрья» журналының бас редакторы (1991–1994) лаўазымларын атқарды.1988-жылдан Жазыўшылар аўқамының ағзасы. Шайырдың «Бесинши мәўсим» (1986), «Жер менен аспанның аралығында» (1990), «Таңламалы қосықлар» (2016) деген топламлары жарық көрди.
Қарақалпақ халқының келип шығыўы ҳәм қәлиплесиў жолы туўралы «Каракалпаки. Путь в истории» («Мой каракалпакский народ» топламы, деген рус тилинде жазылған этнотарийхый эссеси бар. Сондай-ақ «Бердақтың «Шежире» дәстаны ҳәм қарақалпақлар тарийхы» атлы қарақалпақ тилинде жазылған изертлеўинде де халқымыз тарийхының өзекли мәселелери сөз етиледи. «Брно дәптери» атлы қосықлар топламы, «Брно сәўбетлери» ҳәм «Мәденият ҳәм илим дарғалары менен сәўбетлер» атлы интервьюлар жыйнақлары жарық көрди. 2022-жылы «Сентябрдиң соңғы күнлери» атлы повестлер жыйнағы басылып шықты.
БРНО ДӘПТЕРИ
Қосықлар дүркини
* * *
Мен тек қәлем услап жасайман –
мен арқалы Аспан
адамларға бир нәрселер айтады,
бирақ қәлем қәте жазады…
Аспан алжаспайды –
түпнусқа туўры.
* * *
Тили жоқ гүбелеклер
қанатларының реңинде
гөззаллық туўралы қасыйданы
жазып алып келди көз алдымызға –
ал, сөзлиги жарлы бенделер
түсинбеди ол реңлерди.
Биз жүз бурып гүбелеклерден,
гүллерге қондырмай азаплар бердик –
Илаҳым, алдыңда гүналарым көп.
* * *
Қумырысқаға пилдиң өмириниң ҳеш қызығы жоқ –
жаўын жаўса қашып киретуғын инлеўи бар.
* * *
Көктен түскен қүдиретли қус
алып барды мени таўдың басына –
бул тикжарлардан түсиў ҳеш илажы жоқ,
енди қуяш пенен самал муңласым.
Усы демде аспан мени китаптай
бир-бир бетлеримди ашып оқыды.
Бул демде мен
аспан менен жердиң түсине енген
бир қүдиретли қус едим.
* * *
Бул қыстың қақаман суўығында
меннен бетер тоңады шымшықлар –
оларды жылытыў қолымнан келмейди.
Қорқыныш жасайды
олардың
моншақтай көзлеринде.
Ал, мениң басқа да нуқсанларым бар.
* * *
Тоғайдың ишинде бир ылашық бар –
мен онда өзимди көрдим мудамы,
қарлы ҳәм боранлы жыллар бойына
усы ылашықта руўҳым жасады.
Бирақ бул тоғайға қәдем қойыўға
тәбиятымда батыллық болмады,
бирақ қыялымда сақлап жасадым
тоғайдың ишинде бир ылашықты.
Мен ол ылашықта ҳәр күни
ашқанман дүнйаның жаңа рәңлерин,
тыңлап жасағанман жаңа сеслерди,
сөзликте жоқ сөзлерди ойлап тапқанман.
* * *
Үш жол шағырайып шықты алдымнан –
қуяш жоқ тоғайдың ишинде.
Аспанға қарайман – бийпайда,
шығысты-батысты айыра алмайман.
Мен усыннан қайсы жол менен барып,
сениң сарайыңды табар екенмен.
Тапқан күнимде де,
қойған шәртлериңди
түсине алар ма екенмен…
Ақыры, периден жеңилмеў ушын
оның тилин билиў керек болады.
